Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланған илаж болып өтти

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Илажда дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Илажда министр А.Аяпов Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны, оның турмысымызда тутқан орны, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдеги әҳмийети, сондай-ақ, соңғы жыллары жоқары билимлендириў, атап айтқанда, кәсиплик билимлендириў тараўында жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Бул салтанатлы күн ҳәр бир пуқара ушын оғада әҳмийетли есапланады. Себеби, Конституциямыз – Ғәрезсизлигимиздиң беккем ҳуқықый таянышы, пуқаралар ҳуқықларының тийкарғы кепили болып есапланады.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *