Хожели 2-санлы политехникумында оқыўшы жаслар арасында дослық, өз ара ҳүрмет ҳәм мәдений көп түрлиликти еле де беккемлеў, жаслар арасында аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан кеңпейил журт» атамасындағы миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық фестивалы шөлкемлестирилди.


Шығып сөйлеўшилер ҳәзирги глобалласыў дәўиринде миллетлер аралық татыўлық, өз ара аўызбиршилик, дослық қатнасықлары жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе бағдарлардың бири екенлигин атап өтти.
Илажда шебер қоллы, өнермент ҳәм спортшы жаслардың көргизбеси менен басланған болса, талантлы оқыўшы жаслар атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына көтериңки кейпият инәм етти.


Байрам қатнасыўшылары ҳәм жаслар биргеликте түрли миллет ўәкиллериниң йошлы қосықларына аяқ-ойынларға түсип, фестивальдың жоқары дәрежеде өтиўине үлеслерин қосты.


