13-ноябрь күни Ташкент қаласында American Councils for International Education тәрепинен C5+O.N.E (Opening Networks through English) жойбары шеңберинде офлайн семинар шөлкемлестирилди.

Инглис тилинде алып барылған илажда республикамыздың барлық аймақларынан келген профессор-оқытыўшылар, таяныш докторантлар, илимий хызметкерлер, жас илимпазлар, сондай-ақ, сырт елли қәнигелер де қатнасты.
Онда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «Көркем өнертаныў» кафедрасы оқытыўшысы Д.Дарушова да өз жойбары менен қатнасты.
Семинар даўамында илимий бирге ислесиў мәселелери, регионаллық раўажланыў перспективалары ҳәм инновациялық идеяларды әмелиятқа енгизиў усыллары кең түрде додаланды.


Соның менен бирге ҳәр бир изертлеўшиге өзиниң бизнес режеси (business plan) бойынша қысқаша презентация бериў имканияты жаратылды. Бул презентациялар даўамында жойбарлардың мақсети, экономикалық нәтийжели көрсеткишлери, әмелий әҳмийети ҳәм келешектеги раўажланыў перспективалары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.


