Қарақалпақстан медицина институтында «Турақлы экология ҳәм глобал саламатлық» темасына бағышланған халықаралық симпозиум өткерилди. Илаж институт ҳәм Корея университети арасындағы илимий бирге ислесиў шеңберинде шөлкемлестирилди.



Илажда Корея Университетиниң профессоры Жаеўоок Цҳои қатнасып, еки тәреплеме илимий байланыслардың бүгинги нәтийжелери ҳәм перспективалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Симпозиумда Корея университетиниң 20 ға шамалас жетекши профессор-оқытыўшылары, магистрантлар, докторантлар ҳәм студентлер қатнасты.


Илаж даўамында экология ҳәм денсаўлықты сақлаўға байланыслы әҳмийетли темаларда баянатлар тыңланды.
Бул баянатларда ишимлик суўының сапасы ҳәм Аралбойы шаңының саламатлық ҳәм климатқа тәсири, Кореядағы радонларды азайтыў технологиялары, Арал теңизи орталығының регионларға тәсири, сондай-ақ, қан басқарыў ҳәм денсаўлықты сақлаў ҳәм инфекцияларды қадағалаў системаларының салыстырмалы анализи илимий тийкарда сәўлелендирилди.

Сондай-ақ, Симпозиум даўамында Өзбекстан ҳәм Корея илимпазлары климат өзгерислери, экологиялық машқалалар ҳәм олардың халық саламатлығына тәсири бойынша өз-ара пикир алысты. Илаж еки мәмлекет илимпазларының турақлы экология бағдарында бирге ислесиўин және де беккемлеўге хызмет етти.



