Шоманай районындағы Политехникум имаратында Шоманай районы ҳәкими А.Аметов басшылығында, мәҳәлле жетилиги ағзалары, жуўапкер шөлкемлер, райондағы ири кәрхана басшылары ҳәм потенциаллы исбилерменлердиң қатнасыўында мәжилис өткерилди. Илажда ПРезидентимиздиң “Кәсиплик билимлендириў системасында басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрман (ПП-190-санлы) ҳәм “Кәсиплик билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы (ПҚ-316-санлы) қарарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сөз етиледи.


Соның менен бирге аймақлардың өзине тәнлигинен ҳәм мийнет базарының талабынан келип шыққан ҳалда заманагөй ҳәм талап жоқары болған кәсиплерди және шет тиллерин таңлап алыў ҳәм бул бағдарда жумысларды мақсетли әмелге асырыў, техникумларды кәсиплик билимлендириў бағдарына сәйкес келетуғын өндирис кәрханаларына бириктириў мәселелери додаланды.


Сондай-ақ билимлендириў мәкемелериниң аймағында киши санаат зоналары, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў арқалы оқыўшыларды усы кәрханаларда маманлығын арттырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў, дуал билимлендириў формасын шөлкемлестириўге бағдарланған өндирис кәрханалары ҳәм шөлкемлер менен бирге жолға қойыў мәселелери додаланды.


