Өзбекстандағы техникумларда Лубан устаханалары ашылады

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығының орынбасары Ҳилола Умарова басшылығындағы делегация ҳәзирги ўақытта Пекин қаласында болып турыпты.

Сапар шеңберинде Ҳилола Умарова Қытай Бас министриниң орынбасары Дин Суесянг ҳәм басқа да ЖООлары басшылары менен сөйлесиўлер алып барды.

Ушырасыўлар даўамында өз-ара биргеликтеги жойбарлар ҳаққында сөз етилди ҳәм келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соның ишинде, өз-ара алмасыў бағдарламалары, кәсиплик билимлендириўде әмелий тәжирийбе орайлары, грант жойбарлары, Өзбекстандағы техникумларда Лубан устаханаларын ашыў сыяқлы мәселелерде келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў ушын қоспа бағдарламаларды көбейтиў, ҳәр жылы Қытайда Өзбекстан билимлендириў күнин енгизиў сыяқлы мәселелер ҳаққында сөз етилди.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *