Бүгин, 12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов басшылығында Министрликтиң сектор баслықлары ҳәмде Кәсиплик билимлендириў шөлкемлери (техникумлар) директорлары қатнасыўында мәжилис өткерилди.


Мәжилисте Кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде дуаль билимлендириўди жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери, дуал билимлендириўди әмелиятқа кеңнен енгизиўдиң әҳмийети, бул бағдарда орын алып атырған машқалалар ҳәм олардың шешимлери, сондай-ақ, IT, муғаллимлердиң сертификат алыў, грант, басшы ҳәм педагог кадрлардың кәсиплик компетентлигин раўажландырыў, оқыў-методикалық тәмийнатын күшейтиў, тәлим процессин нәтийжели шөлкемлестириў, халықаралық билимлендириў дәстүрлерин енгизиў бойынша мәселелер де атап өтилди.


Соның менен бирге мәжилисте Кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы, ижарада турыўшы оқыўшылардан хабар алыў, нәшебентлик, жынаятшылықтың алдын алыў, коррупция менен байланыслы болған жағдайларды болдырмаў мәселелерине де тоқталып өтилди.
Мәжилис тараўда алдағы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша пикир алмасыўлар менен бирге мәжилис қатнасыўшыларының пикир-усыныслары да тыӊланды.

