
бирге ислесиўди беккемлеў, билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў ҳәм әмелий илажларды ислеп шығыў мақсетинде Нөкис мәмлекетлик техника университети “Энергетика ҳәм автоматластырыў” кафедрасының профессор-оқытыўшылары Тақыятас районы политехникумында ал, “Химия инженерлиги ҳәм қоршаған орталықты қорғаў” кафедрасының профессор-оқытыўшылары болса Төрткүл районы 3-санлы политехникумында болды.
Илаж даўамында профессор-оқытыўшылар Нөкис мәмлекетлик техника университетиндеги қәнигеликлер, тәлим бағдарлары, студент-жаслар ушын жаратылған шәрт-шәраятлар ҳәм имканиятлар, лаборатория, компьютер ханалары, түрли дөгереклер, оқыў процеслери ҳәмде дуал тәлим бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар ҳаққында жасларға көплеген мағлыўматлар берилди.


Ең итибарлысы, бул еки кафедра жәмәәти политехникумларда кафедра филиалларын шөлкемлестирип, бирге ислесиўди жолға қойды.
Бул еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, жасларды заманагөй технологиялар менен жақыннан таныстырыў ҳәм олардың илимий және әмелий потенциалын раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды.

