2025-жыл 13-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында жайласқан «Ақ қус» комплексинде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының басламасы менен «Ветеринария медицинасы ҳәм шарўашылықтағы әҳмийетли машқалалар ҳәм олардың шешимлери» атамасында халықаралық илимий ҳәм илимий-техникалық конференция болып өтти.


Илажда Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы М.Қайпанов, сондай-ақ, елимиз ҳәм сырт елден белгили илимпазлар, илимий-изертлеў институтлары ҳәм жоқары оқыў орынларының ўәкиллери, жас изертлеўшилер қатнасты.



Шығып сөйлеўшилер өз сөзинде мәмлекетимизде ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын модернизациялаў жолында әмелге асырылып атырған реформалар, илимий бирге ислесиў ҳәм инновациялық идеялардың тараўға алып кирип атырған жаңаша руўхын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, соңғы жылларда ветеринария медицинасы тек ғана ҳайўанлардың саламатлығын тәмийинлеў менен шекленип қалмастан, ал азық-аўқат қәўипсизлиги, экологиялық турақлылық ҳәм биоқәўипсизлик сиясатының әҳмийетли қурамлық бөлегине айланып атырғанлығы соның менен бирге илимий жетискенликлери, жаңа әўлад биотехнологиялық шешимлери ҳәм санлы анализлеў системаларын тараўға енгизилиўи туўралы да атап өтти.
Сондай-ақ, конференцияда басқа мәмлекетлерден келген жетекши қәнигелер тәрепинен ҳайўанлар генетикасы, жуқпалы кеселликлерди ерте анықлаў, вакцина технологияларын жетилистириў, шарўашылықта экологиялық турақлы системаларды жаратыў ҳәм санлы басқарыў моделлерин енгизиў мәселелери бойынша илимий пикирлер билдирилди.


Әнжуман жуўмағында тараўдың раўажланыўына мүнәсип илимий үлес қосқан ең белсенди изертлеўшилер ҳәм ең жақсы баянатлардың авторлары сыйлықланды. Конференция материаллары илимий топлам түринде басып шығарылыўы режелестирилди.

Бул халықаралық илимий илаж ветеринария ҳәм шарўашылық илимлериниң заманагөй басқышта раўажланыў перспективаларын белгилеп беретуғын әҳмийетли тарийхый ўақыя сыпатында есте қалды.
