Усы жыл 16-октябрь күни Янгиҳаёт районында Ташкент химия-технология институтының студенти Муҳриддин Илашов 4-қабат балконында асылып қалған баланы мәртлик пенен қутқарып, оның өмирин сақлап қалған еди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов жас қаҳарманның мәртлиги ҳәм пидайылығын тән алып, оған миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғасын тапсырды.
Сыйлықлаў ўақтында министр Муҳриддин Илашовтың бул иси тек ғана өзи билим алып атырған институт емес, ал пүткил жаслар ушын үлги екенин атап өтти.
