Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң 2024-жыл 20-марттағы 76-санлы буйрығына тийкар усы жыл 22-октябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыў тенденциялары” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияны филиал директоры ў.ў.а Қ.Юсупов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, түрли миллет ўакиллериниң профессор-оқытыўшылары, көркем өнертаныў бойынша излениўшилер, тараў қәнигелери сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының бүгинги күн мәселелери, машқалалары ҳәм олардың шешими туўралы баҳалы пикирлер ҳәм усыныслар билдирилди. Илаж филиал студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.



