Өзбекстан ҳәм Түркменстан жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында стратегиялық бирге ислесиўди кеңейтеди

16-ноябрь күни Ташкент қаласында Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Байрамгул Ораздурдиева ҳәм Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбой Шариповтың қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда тәреплер ушын пайдалы болған тараўларда кадрлар таярлаў, тәжирийбе алмасыў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, илимий-изертлеў жойбарларына айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, төмендеги бирге ислесиў мәселелери додаланды:

➖оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, қысқа мүддетли стажировкалар, «Erazmus+» бағдарламалары шеңберинде қоспа жойбарларды көбейтиў;
➖аўыл хожалығы бағдарында еки дипломлы билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў;
➖«WorldSkills – 2026» илажын Өзбекстанда Түркменстан менен биргеликте өткериў;
➖аўыл хожалығы, суўғарыў технологиялары, шөл аймақларын мелиорациялаў, жасыл энергетика, суў ресурсларын басқарыў, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект сыяқлы тараўларда қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў;
➖соның менен бирге, қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, академиялық мобилликти кеңейтиў ҳәм технопарклер бирге ислесиўин күшейтиў.

Б.Ораздурдиева мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған дослық қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, тараў бойынша биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде биргеликтеги жумысшы топар шөлкемлестириў ҳәм 2025-2026-жылларға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисип алынды.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *